Румынияның Клуж-Напока қаласында көркем гимнастика бойынша жаслар арасында жәҳән чемпионты болып өтти.

Онда қатнасқан Өзбекстан сайланды командасы 2 қола медалын қолға киргизиўге еристи. Атап айтатуғын болсақ, Анастасия Сарансева ҳәм Мишель Нестеровалар жарыста мүнәсип түрде қатнасып, 3-орынды ийелеўге миясар болды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бул көркем гимнастика бойынша өзбекстанлы спортшылардың өз тарийхындағы дәслепки қолға киргизген медаллары болып есапланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы