Қарақалпақстан Республикасы «Ватанпарвар» шөлкемине қараслы Нөкис автомобиль мектеби ҳәр жылы еки басқышта 50 курсанттан жәми 100 курсантты оқытып, оларға әскерий-техникалық билим берип келмекте. Ҳәзирги ўақытта усы мектепте әскерий-техникалық қәнигелер таярлаў бойынша жумыслар жеделлестирилип, юридикалық мәкемелердиң автомобиль басқарыўшыларының оқыўларын шөлкемлестириў бойынша да илажлар шөлкемлестирилмекте.

– Курсантларды таңлаў ҳәм жыйнаў қалалық ҳәм районлық қорғаныў ислери бойынша бөлимлери тәрепинен әмелге асырылмақта,-дейди мектеп директоры Үргенишбай Дәўлетов. – Мектебимизде 2016-2017-жылларда жәми 488 миллион сумлық капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылды ҳәм мектебимиздиң имараты заманагөй көриниске енди.

Буннан басқа 4 қабатлы жатақханада да оңлаў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, айдаўшылықтың «С» катогериясы бойынша оқытылатуғын классларға ҳәм компьютер ханаларына керекли әсбап-үскенелер алынды.

Ҳәзирги ўақытта мектепте «А» категориясына киретуғын 9 дана әскерий техника (Камаз, Зил), «Б» категориясына киретуғын        13  автомобиль техникалары жарамлы ҳалда хызмет етип турыпты. Заманагөй үскенелерге ийе тренажёрлық, спорт заллары, пневматикалық оқ атыў ханасы,  «Ашшыкөл» жанындағы автодром толығы менен курсантлар хызметинде.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.