Түркиянинг Анкара қаласында таэквондо WТ бойынша «Turkish Open» халықаралық спорт жарысы болып өтти.
Онда Өзбекстан сайланды командасының 8 спортшысы қатнасып, 74 кг салмақта Жасур Жайсунов ҳәм 87 кг салмақта Никита Рафаловичлер барлық қарсыласларын жеңип шығыўға еристи.
Ал, 74 кг салмақта қатнасқан таэквандошымыз Нажмиддин Қосимхожаев гүмис, 54 кг да Аманжан Атажановлар қола медалларын қолға киргизди.
Әлбетте, таэквандошылар тәрепинен қолға киргизилген бул табыслар олардың Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынлары ушын рейтинг упайларының көбейиўине себепши болмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы