Париж қаласында пара жеңил атлетика бойынша жәҳән чемпионати болып өтти.
Онда ҳаял-қызлар арасында Т11 классында узынлыққа секириў жарысында елимиз абырайын қорғаған Асила Мирзаёрова 5 метр 13 см нәтийже менен алтын медалды ийелеп, бул көрсеткиш арқалы ол 2024-жылы Парижде болып өтетуғын жазғы Паралимпия ойынларына қатнасыў лицензиясын қолға киргизди.
Сондай-ақ, ҳаял-қызлар арасында F41 классында ядро ылақтырыў беллесиўлеринде қатнасқан Кубаро Ҳакимова да 9 метр 83 см көрсеткиш пенен гүмис медалды жеңип алып, Париж-2024 жазғы Паралимпия ойынларына жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы