Тахтакөпир районында 17 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында спорттың волейбол түринен «Ишки ислер министри кубоги» жарысының районлық басқышы болып өтти.

Оған райондағы барлық аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан командалар қатнасты.


Кескин беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, ерлер арасында 1-орынды Дәўқара аўыл пуқаралар жыйыны командасы ийелеўге миясар болды. Ал, 2-3-орынлар болса, Айдын жол ҳәм Ғәрезсизлик мәкан пуқаралар жыйынынан келген жасларға несип етти.

Қызлар арасында өткерилген беллесиўлер жуўмағында болса, 1-орынды Қаратерең мәкан пуқаралар жыйыны командасы ийеледи.

Сыйлы 2-3-орынларды болса, Қоңыраткөл ҳәм А.Адилов аўыл пуқаралар жыйынларының қызлары ийелеўге миясар болды.


Жарыс соңында, жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды. 1-орынды ийелеген команда кубоктиң республикалық басқышына жолламын қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы