Жаслар арасында спорттың волейбол түрин және де раўажландырыў мақсетинде, Нөкис районы аймағында жасаўшы 17 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында  «Ишки ислер министри кубоги» жарысының районлық басқышы болып өтти.

Оған район аймағындағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан волейбол командалары қатнасты.

Өткерилген жарыс жуўмағында, ерлер арасында 1-орынды Саманбай, 2-орынды  Бақаншақлы аўыл пуқаралар жыйыны, 3-орынды  Үлгили мәкан пуқаралар жыйыны жаслары ийелеўге миясар болды.

Ал, қызлар арасында   болса, 1-орынды Бақаншақлы, 2-орынды Саманбай, 3-орынды Үлгили мәкан пуқаралар жыйыны командалары ийелеўге еристи.





Жарыс соңында жеңимпаз команда ағзалары Нөкис районлық Ишки ислер бөлими тәрепинен арнаўлы димлом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланып, жарыстың келеси республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы