Професионал бокстиң супер аўыр салмақ категориясында WBO, WBA, IBF ҳәм IBO бағдарлары бойынша жәҳән чемпионы Александр Усиктиң нәўбеттеги беллесиўге түсиў сәнеси мәлим болды.

Ол усы жылдың 26-август күни Польшаның  Вроцлав қаласындағы  «Тарчински Арена»да британиялы Даниель Дюбуаға қарсы рингке шығады. Жергиликли  «Шлёнск» клубының үй аренасы есапланған бул стадион 45 мың адамды өз ишине сыйдыра алады.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Александр Усик проф рингте өткерген 20 ушырасыўдың барлығында жеңиске ерискен. Ол өзиниң ең соңғы беллесиўин өткен жылдың август айында Энтони Жошуаға қарсы өткерип, британиялы боксшини упайлар есабында жеңиўге миясар болған еди. Ал, Дюбуа болса профессионал боксте өткерген 20 беллесиўдиң 19 ында жеңиске ерисип, биреўинде жеңилиске ушыраған.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы