Өзбекстанлы жаслар Қазақстан Республикасы Қарағанды ўәлаятында өткерилген «Айбын – 2023» IX халықаралық әскерий-ўатансүйиўшилик жыйынында қатнасып, 43 команда ишинде сыйлы екинши орынды ийелеп қайтты.

Әскерий-әмелий спорт түрлери бойынша, сондай-ақ, интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик таңлаўларда қатнасқан 700 ге шамалас ер ҳәм қыз балалар арасында Қанлыкөл районынан Назлымхан Жийенбаеваның мергенлик шеберлиги жоқары баҳаланып, биринши орынға ылайық деп табылды ҳәм алтын медальды қолға киргизди.


Биз де Н.Жийенбаеваны табыслары менен қутлықлап, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўин тилеймиз.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги