2023-жылдың апрель-июнь айларында республикамыздағы салық төлеўшилер тәрепинен 621 миллиард 36 миллион сум муғдарында салық төленип, белгиленген прогноз режеси 48 миллиард 449 миллион сумға артығы менен орынланды. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 107,6 процентке өсти.

Бюджетке бағдарланған қаржылардың тийкарғы бөлеги 480 миллиард сум ямаса 77,2 проценти юридикалық тәреплер, ал 76 миллиард сумы ямаса 12,2 проценти физикалық тәреплердиң есабына туўра келди.

Салықлар түрлери бойынша таллап қаралғанда, өткен жылдың усы дәўирине салыстырмалы 7 салық түринде өсим бақланды.

Атап айтқанда, жер астынан пайдаланғанлығы ушын салық 1 миллиард 637 миллион сумға (126,2%), физикалық тәреплерден алынатуғын мүлк салығы 4 миллиард 836 миллион сумға (139,8%), физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 61 миллиард 266 миллион сумға (130,5%), физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы 3 миллиард 206 миллион сумға (106,2%), суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық 1 миллиард 406 миллион сумға (186,7%), акциз салығы 9 миллиард 4 миллион сумға (124,2%), юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық 257 миллион сумға (102,5) өскен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги