Өзбекстан Экологиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Абдушукур Ҳамзаевтың сайлаўалды бағдарламасы, өмири, мийнет жолы менен таныстырыў мақсетиндеги ушырасыў Нөкис қаласындағы Арқа-Батыс әскерий округинде де  болып өтти.

Ушырасыўда партияның Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы А.Исмайлова тәрепинен мағлыўматлар берилип, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Абдушукур Ҳамзаевтың өмир баяны ҳәм сайлаўалды бағдарламасын өз ишине алған буклетлер, арнаўлы газеталар тарқатылды.

Бағдарламада экологиялық турақлы раўажланыўға бағдарланған «жасыл» сиясатты турмысқа енгизиў, халықтың қолайлы қоршаған орталыққа болған ҳуқықын тәмийинлеўге қаратылған мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыўға қаратылған «Жасыл энергетика Стратегиясы»н ислеп шығыў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў ҳәм Аралбойы регионын және де раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли усыныслар менен басламалар орын алған.




Илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Өзбекстан Экологиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Абдушукур Ҳамзаевтың сайлаўалды бағдарламасы, өмири, мийнет жолы менен халықты жақыннан таныстырыў мақсетиндеги илажлар Хожели районында да болып өтти.

Партияның районлық Кеңесиниң баслығы, белсендилери тәрепинен халықтың көп топланатуғын орынларында түсиник жумыслары әмелге асырылып, халыққа талабанның сайлаўалды бағдарламасынан орын алған әҳмийетли бағдарлар ҳәм басламалар  сәўлелендирилген тарқатпа материаллар тарқатылды.





Қарақалпақстан хабар агентлиги