Испанияның «Реал» клубының бас тренери Карло Анчелотти Бразилия сайланды командасын басқарады.

Бул туўралы Бразилия футбол конфедерациясы мәлим етти. Онда айтылыўынша Анчелотти Бразилия сайланды командасының бас тренери сыпатында Америка Кубоги—2024 тен соң өз жумысын баслайды.

Ал, Анчелоттиң  «Реал» менен әмелдеги шәртнамасы 2024-жылы өз жуўмағына жетеди.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, италиялы бул атақлы тренер «Реал»дан тысқары Италияның «Парма», «Ювентус», «Милан», «Наполи», Англияның «Челси» «Эвертон» Францияның «ПСЖ», Германияның  «Бавария» сыяқлы клубларына устазлық еткен.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы