Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Робахон Махмудованың Қарақалпақстан Республикасындағы  исенимли ўәкили Нурлыбай Қайыпбергеновтың Қоңырат районындағы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда исенимли ўәкил сайлаўшыларға талабанның сайлаўалды бағдарламасындағы тийкарғы бағдарлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.




Соның ишинде, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық салаларында, ҳәр бир инсанның абадан турмысы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, социаллық әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан абаданлығының гиреўи есапланған тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралардың татыўлығы, миллетлер аралық ҳәм динлер аралық кеңпейилликти беккемлеў бойынша түсиниклер берилди.

Атап өтилгениндей, партия мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеўде, онда пуқаралардың қатнасы кеңейиўинде заманагөй ҳәм нәтийжели усыллардың енгизилиўиниң тәрепдары.

Ушырасыўда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги