Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде Шахмат бойынша жарыс өткерилди.
Кескин өткен жарыс жуўмағында, математика факультетиниң 2-курс студенти Жорабек Турғанбаев ийелеген болса, 2-3-орынларды юридика факультетиниң 4-курс студенти Шахрух Алламбергенов ҳәм қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистик факультетиниң 3-курс студенти Мийригүл Темирбаеваларға несип етти.
Жеңимпазлар университет ректораты тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы