Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ асСиси 28-июнь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўинде пүткил мусылман үммети ушын муқаддес Қурбан ҳайыты менен бирбирин қызғын қутлықлады. Өзбекстан ҳәм Египеттиң дос халықларына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилди.

Усы жылдың февраль айында Каирға жоқары дәрежедеги еткен рәсмий сапары ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Турақлы ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер себепли Өзбекстан менен Египет арасындағы кең көлемли бирге ислесиў қатнасықлары анық мазмун менен байып атырғаны атап өтилди.

Товар алмасыў көлемин арттырыў, еки мәмлекет жетекши компанияларының қатнасыўындағы қоспа инвестициялық жойбарлар ҳәм санаат кооперациясы бағдарламаларын алға қойыў бойынша тәсиршең илажлар көриў мәселелери додаланды.

Өзбекстан ҳәм Египет жетекшилери мәдений-гуманитарлық алмасыўды буннан былай да жеделлестириў әҳмийетли екенин де атап өтти.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер көрип шығылды.

ӨзА