Қәдирли дослар!

Бүгин елимизде кеңнен белгиленип атырған Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен сиз, әзизлерди, ҳүрметли ветеранларымызды қызғын қутлықлайман.

Бул байрам тек ғана өз турмысын бул тараўға бағышланған пидәкер инсанлар емес, ал олардың машақатлы дөретиўшилик ҳәм мийнеттиң жемисинен қуўанатуғын миллионлаған оқыўшылар, тыңлаўшы ҳәм тамашагөйлер, пүткил жәмийетимиз ушын да қәдирли болып есапланады.

Мине усындай күнлерде миллий баспасөзимиздиң ирге тасын қойған жадид бабаларымыздың «Баспасөз пикирлер билдириўшиси, миллет ҳәм елдиң раўажланыўы жолында хызметкер, адамлар сана сезиминиң қуяшы, ҳәр кимниң ҳүжданына тутылған айнасы болыўы керек» деген пикирлери ҳәзирги күнимиз ушын да оғада айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтиўимиз тәбийғый болып есапланады.

Мәрипаттаныўшы ата-бабаларымыздың бул кеңпейил арзыў-нийетлери тек ғана ғәрезсизлигимиз себепли әмелге асты.

Кейинги жылларда елимизде жүз берип атырған тарийхый өзгерислер нәтийжесинде ғалаба хабар қуралларын еркин пикир дәрегине, халқымыз мәплериниң жедел қорғаўшысына айландырыў ушын беккем ҳуқықый тийкар, социаллық орталық жаратылды.

Биз мәмлекетимизде сөз ҳәм баспасөз еркинлигин, мәлимлеме алыў ҳәм оны тарқатыў ҳуқықын тәмийинлеў мәселесин инсан қәдирин улығлаў, демократиялық жәмийет ҳәм халықшыл мәмлекет қурыўға қаратылған раўажланыў стратегиямыздың әҳмийетли ҳәм ажыралмас бөлеги, деп билемиз.

Жаңаланған Тийкарғы нызамымызда бул бағдардағы конституциялық қағыйдалар және де беккемлеп қойылғаны бул бағдардағы ҳәрекетлеримиз даўамлы екенин көрсетеди.

Ҳәзирги күнде елимизде 2140 ямаса 2016-жылға 626 көп ғалаба хабар қураллары жумыс алып бармақта. Олардың 65 проценти мәмлекетлик емес медиа қураллары екени тараўда структуралық өзгерислер избе-из әмелге асырылып атырғанынан дәрек береди. Дәстүрий басылымлар менен бирге интернет басылымлар да жедел раўажланып, олардың саны 745 ке жеткени ҳәм оқыўшылардың итибарын барған сайын көбирек өзине тартып атырғанын атап өтиў керек.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлер қурамында мәлимлеме хызметлериниң жолға қойылғаны халық пенен қарым-қатнасты күшейтиўге сезилерли тәсир көрсетпекте.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығы ҳәм есап бериўин тәмийинлеў, олардың ашықлық бағдарындағы нәтийжелилик көрсеткишлерин белгилеў ҳәм алдынғы халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў системасы енгизилди. Соның ушын, жақында биринши рет өткен жылдың жуўмақлары бойынша, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде әмелге асырылған жумысларды баҳалаў бойынша Ашық-айдынлық индекси нәтийжелериниң жәрияланғаны бул жолдағы әҳмийетли қәдем болды.

Мәмлекетимиз ғалаба хабар қураллары халықаралық баспасөз мәканына да анық қәдем тасламақта. Өзбекстан Миллий телерадиокоманиясы ҳәм бир қатар жеке меншик телестудиялардың көрсетиўлери жәҳәнниң 100 ден аслам мәмлекетлерине узатылмақта. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Дүнья» мәлимлеме агентлиги өз хабарларын 10 шет тилде тарқатпақта.

Кейинги ўақытта елимизде китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыў сыяқлы ийгиликли жумысқа баспа-типография тараўы хызметкерлери де мүнәсип үлес қосып атырғанын айрықша атап өтиў керек. Кейинги жылларда республика басылымлары тәрепинен 132 миллион нусқа әдебий китап ҳәм басқа да әдебиятлардың басып шығарылғаны китапты сүйгетуғын халқымыз, бәринен бурын, жасларымыздың сана-сезимин арттырыўда әҳмийетли роль ойнайтуғыны сөзсиз.

Ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде бул тараў ушын үш жыл мүддетке дәрамат салығы бойынша жеңилликлер берилгени олардың экономикалық жағдайын турақлыластырыўда үлкен мәдет болмақта.

Әзиз дослар!

Бүгинги тез пәт пенен раўажланып атырған дәўирдиң өзи барлық тараўлар қатары мәлимлеме бағдарында да алдымызғв оғада әҳмийетли ўазыйпаларды қоймақта.

Ҳәзирги ўақытта жер жүзиниң түрли мүйешлеринде жүз берип атырған, бәршемизди тәшиўиш ҳәм қәўетерге салып атырған ўақыяларды есапқа алатуғын болсақ, глобаллық дүньяда информатизациялаў процесслериниң қәўипли тәреплери де бар екени ҳәм олар барған сайын күшейип атырғанынан көз жума алмаймыз.

Дүньяның айырым регион ҳәм аймақларында ғалаба хабар қураллары белгили сиясий күшлер қолында информациялық урысты ҳәўиж алдырыўға, жәмийетшилик пикирин шалғытыўға, ақты – қара, қараны – ақ, деп көрсетиўге хызмет етип атырғанын өкиниш пенен атап өтиўге туўра келеди.

Мәлимлеме мәканындағы үстинлик көп нәресни шешетуғын бүгинги қыйын жағдайда халқымыз сиз, әзизлерди демократиялық баспасөздиң тийкарғы шәрти ҳәм талабы болған қалыслық, әдиллик, миллий мәплеримизге садықлық сыяқлы принциплерге әмел етип, өз билим ҳәм потенциалы, өткир қәлеми ҳәм жанлы пикирлеўи менен жәмийетшиликке социаллық процесслер мазмунын аңлап жетиўге жәрдемлесетуғын, оларды бузғыншы мәлимлеме топылысынан қорғайтуғын пидәкер инсанлар, деп биледи.

Биз жәмийетлик турмыста ушырасып атырған кемшиликлерди ҳәм машқалаларды сапластырыў бюрократия ҳәм коррупция сыяқлы иллетлерге қарсы гүресиўде, бәринен бурын, сиз ҳүрметли журналист ҳәм блогерлер, әсиресе, миллий медиа мәканымызға жаңа идея ҳәм басламалар менен кирип киятырғаны қәбилетли жасларымызға сүйенемиз.

Сол себепли кең көлемде пикирлейтуғын, ана тили менен бир қатарда шет тиллерди, мәлимлеме технологияларын пуқта өзлестирген, жоқары қәнигели, ўатансүйгиш журналист кадрларды таярлаў мәселесине тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Бүгинги күнде Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети, Өзбекстан Миллий университети, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Бухара мәмлекетлик университети сыяқлы билимлендириў мәкемелеринде журналистика бағдары бойынша жүзлеген қәнигелер таярланып атырғаны да усы көзқарастан дәрек береди.

Бул жоқары оқыў орынларында студент жасларымыз баспа ғалаба хабар қураллары ҳәм баспа иси, аудиовизуал журналистика, интернет журналистикасы ҳәм менеджменти, медиа теориясы ҳәм әмелияты, әскерий ҳәм спорт журналистикасы, санлы медиа, халықаралық қатнасықлар сыяқлы жигирмадан аслам тәлим бағдарлары бойынша жоқары маман профессор-оқытыўшылардан шеберлик сырларын үйренип атырғаны әсиресе итибарлы болып есапланады.

Биз Жаңа Өзбекстанның жаңа журналистикасын жаратыў ўазыйпасын өз алдымызға қойған екенбиз, бул бағдардағы миллий дәстүрлеримиз бенен бирге раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесин де ҳәр тәреплеме үйрениўимиз, ғалаба хабар қураллары бойынша дүньядағы жетекши жоқары оқыў орынлары, абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм медиа компаниялар менен бирге ислесиў байланысларын және де күшейтиўимизди турмыстың өзи талап етпекте.

Сол себепли ғалаба хабар қуралларын избе-из раўажландырыў буннан былай да итибарымыз орайында болып қалады.

Бул тараўда алдымызда турған ўазыйпаларды анық белгилеп алыў ҳәм әмелге асырыўда ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен таярланып атырған Миллий баянат үлкен әмелий әҳмийетке ийе, деп исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң жумыс ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў, олардың машақатлы ҳәм жуўапкершиликли мийнетин хошаметлеў, тараўдың материаллық-техникалық ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў ушын зәрүр жәрдем көрсетиўге таяр екенин және бир мәрте атап өтемен.

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз да жақынласып киятырған уллы байрам – Қурбан хайыт пенен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, дөретиўшилик жумысыңызда жаңа жетискенликлер, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал ҳәм қут-берекет тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти