Футбол бойынша 17 жасқа шекемги жаслар арасында Таиландта өткерилип атырған Азия кубогинде ярым финал ҳәм соның менен бирге Индонезияда өткерилетуғын жәҳән чемпионаты жолламасын қолға киргизген командалардың аты белгили болды.
Олардың арасында Саудия Арабстаны сайланды командасын 2:0 есабында жеңип шыққан Жамалатдин Раҳматуллаев басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы да бар.
Республикамыздың футбол жанкүйерлери ушын қуўанышлы тәрепи сонда, жеңимпаз команданың тийкарғы қурам футболшылары арасында қарақалпақстанлы жас футболшы Муҳаммедали Реймовта шерек финал ушырасыўында командамыздың жеңиске ерисиўинде тәмийинлеўде өзиниң бар күш-жигерин жумсады.
Сондай-ақ, ярым финалда Иран, Қубла Корея ҳәм Япония сайланды командалары да бар.
Енди командамыз ағзалары 29-июнь күни ярым финал ойынында қубла кореялы футболшылар менен өз-ара күш сынасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы