Нөкисте 23-июнь – Халықаралық Олимпиада күни мүнәсибети менен «Бир ўатанда, бир ўақытта, бир аралықта, бир мақсетте – бирге жуўырамыз» сүрени астында «Olimpic day», 30-июнь – Жаслар күнине бағышланған «Yangi nafas» ғалабалық жуўырыў жарыслары болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Арқа-батыс әскерий округи ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте өткерилген жарыста спортшылар, әскерий хызметкерлер, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери, студентлер, халық ўәкиллери, нуранийлар, жәмлеспеген жаслар, майыплығы болған шахслар қатнасты.
Жарыстан гөзленген мақсет – халықтың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды бир мақсет әтирапында бирлестириў, саламатлық илажларының дәрежесин арттырыўдан ибарат. Спорт илажында 3 мыңға шамалас нөкисли белсендилер қатнасып, 1 мил ҳәм 3 километр аралыққа жуўырды.
Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров қутлықлады. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Буннан тысқары, ең кексе, ең жас, ең белсенди қатнасыўшы номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.
Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.