Усы жыл 23-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыздың қубла районларының көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслары менен ушырасты.

Атап өтилгениндей, кеңпейиллик, мийнетсүйгишлик, аўызбиршилик ҳәм татыўлық, бул пазыйлетлер республикамыздың қубла районлары есапланған Елликқала, Беруний ҳәм Төрткүл районы халқының минезине тән жақсы қәсийетлерден есапланады. Жаслары да бир-биринен талантлы, қәбилетли, умтылыўшаң ҳәм мийнеткеш есапланады.

Ушырасыўда мәмлекетимизде алып барылып атырған жаслар сиясаты, қаратылып атырған итибар ҳәм көрсетилип атырған ғамқорлықлар, бир қатар бағдарларда берилип атырған жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берилди. Усындай жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып атырған Елликқала, Беруний ҳәм Төрткүл районы жаслары арасынан бир қатар бағдарларда жетискенликлерге ерискен жас талант ийелери, илим-билимге қуштар зийреклер, белгили спортшылар ҳәм басқа да қатарының алдынғылары жетилисип шықпақта.

Илажда жаслар менен ашық-айдын, жақыннан пикирлесип, аўызбиршилик ҳәм татыўлықты беккемлеў, тынышлығымыздың қәдирине жетиў кереклиги айрықша тилге алынды. Өз гезегинде, жаслар тәрепинен де бир қатар пикир-усыныслар билдирилди ҳәм олардыӊ орынланыўы қадағалаўға алынды.






Ушырасыў соӊында өзиниң белсендилиги менен заманласлары арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар  “Үмит ушқыны” көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.



 

Қарақалпақстан хабар агентлиги