Хабарыңыз бар, республикамыздың барлық жоқары оқыў орынлары студентлери арасында өткерилген «Универсиада-2022» спорт жарысларының республикалық финал басқышының улыўмалық жуўмақлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы улыўма командалық есапта 3-орынды ийелеген еди.

23-июнь күни Ташкент қаласында болып өткен сыйлықлаў салтанатында республикамыз делегациясына 175 миллион сумлық спорт инвентарьларынан ибарат «Президент саўғасы» тапсырылған еди.

24-июнь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Президент саўғасы» салтанатлы түрде күтип алынды.

Илажға жоқары оқыў орынларының жуўапкер ўәкиллери, спортшы студент-жаслар ҳәм олардың тренерлери, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар елимизде жаслардың спорт пенен шуғылланыўы, олардың арасында саламат турмыс тәризин кең түрде енгизиў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар спортшыларымыздың дүнья ареналарында мәмлекетимиз байрағын желбиретип, халқымызды руўхландырыўға айрықша үлес қосып атырғанын атап өтти.









Мағлыўмат орнында атап өтиўимиз керек, буннан алдын «Универсиада-2020» спорт жарысларының республикалық финал басқышы жуўмақлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы улыўма командалық есапта 2-орынды ийелеген ҳәм бул нәтийжеге ерисиўге үлкен үлес қосқан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 80 миллион сумлық спорт инвентарьларынан ибарат «Президент саўғасы» тапсырылған еди.

Қарақалпақсытан хабар агентлиги