Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде «Кеўилли стартлар» телевизиялық           спорт ойынларының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Онда аймақлық басқышларда жеңимпаз болған Мойнақ, Тахтакөпир, Беруний ҳәм Нөкис районы командалары белгиленген шәртлер бойынша өз-ара беллести.

Жарыс соңында, Нөкис районындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң «Ақмаңғыт» командасы 1-орынды ийелеп, жарыстың Өзбекстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы