Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы оқыў дәргайы профессор-оқытыўшылары ҳәм аймақта жасаўшы нураныйлар арасында спорттың шахмат түри бойынша «Ректор кубоги» жарысы болып өтти.

Кескин беллесиўлерге бай болған өткен жарыс жуўмағында, ерлер арасында, 1-орынды Қурылыс факультети доценти Н.Сапарниязов, 2-3-орынларды Қурылысшы мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары Р.Аяпбергенов ҳәм А.Зарекеевлер ийелеўге миясар болды.

Ал, ҳаял-қызлар арасында болса, 1-орынды Шет тиллери факультети ис жүргизиўшиси Р.Жақсымова, 2-орынды Биология факультети доценти В.Давлетмуратова, 3-орынды Архитектура факультетиниң үлкен оқытыўшысы А.Абекеевалар жеңип алды.



Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок, диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

-Бул жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, шахматты халқымыз арасында кеңнен де ен жайдырыў, мәҳәллелер менен бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм нураныйларымызды жасларға үлги етип көрсетиў болып табылады,-дейди Дене мәденияты факультети деканының орынбасары Р.Өтениязов.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы