Кеше Ташкенттиң «Бунёдкор» стадионында CAFA Nations Cup—2023 турнириниң финал ойыны өткерилди.
Өзбекстан ҳәм Иран сайланды командалары арасында болып өткен ушырасыўдың биринши таймында ҳеш бир дәрўазаға гол урылмады.
Екинши таймның 48-минутында иранлы футболшылар тәрепинен Өзбекстан дәрўазасына қарай қәўипли ҳүжим шөлкемлестирилди ҳәм оны тәжирийбели ҳүжимши Сердар Азмун голға айландырды.
Буннан соң командалар тәрепинен бир неше мәрте ҳүжимлер шөлкемлестирилди. Бирақ, тилекке қарсы оны голға айландырыў ҳешкимге несип етпеди.
Солай етип Иран сайланды командасы футбол бойынша туңғыш рет өткерилип атырған CAFA Nations Cup—2023 турнириниң дәслепки жеңимпазына айланды.
Ал, усы жарыстың 3-орны ушын болған Қырғыз Республикасы ҳәм Оман сайланды командалары арасындағы ушырасыўда мийманлар 0:1 есабында жеңиске ерисиўге миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы