Ташкент ўәлаятындағы Шыршық олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында «Бес баслама олимпиадасы» жарысы шеңберинде стритбол бойынша жуўмақлаўшы финал ойынлары болып өтти.
Қуўанышлы тәрепи сонда, ерлер арасында өткерилген жарыстың 3 жас категориясында да қарақалпақстанлы жаслар мүнәсип түрде қатнасып, жеңимпазлар қатарынан орын ийеледи.
Атап айтатуғын болсақ, 16-21 жас аралығындағы командалар арасында Нөкис қаласындағы Дәрбент мәкан пуқаралар жыйынының командасы Шыршық қаласы Баҳор МПЖ жасларынан соң екинши орынды ийелеген болса, 22-26 жас аралығындағы жаслар арасында Нөкис районындағы Қырантаў аўыл пуқаралар жыйыны командасы үшинши орынды жеңип алды.
Ал, 27-30 жас аралығындағы жаслар арасында болса, Тақыятас районындағы Абат мәкан пуқаралар жыйыны командасы барлық қарсыласларын жеңип шығып, жарыстың бас сыйлығын алыўға миясар болды.
Жарыс соңында жеңимпаз командалар арнаўлы диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, усы жарыста биринши орынды ийелеген команданың жасаў аймағына Универсал спорт майданшасы, екинши ҳәм үшинши орынды ийелеген командалардың аймақларына «Workout» ҳәм «Streetball» майданшалары қурып бериледи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы