Кеше Европаның бир қатар мәмлекетлеринде футбол бойынша Евро-2024 турнириниң таңлап алыў басқышының 4-турынан орын алған бир қатар ойынлар болып өтти.

Олардың биринде Украина сайланды командасы Мальта сайланды командасын 1:0 есабында жеңип шыққан болса, финляндиялы футболшылар Сан-Мариноны ири есапта жеңилиске ушыратты. Есап 6:0.

Ал, Түркия болса, Уэлсти 2:0, Израил Андорраны, Беларусь Косовоны 2:1,Франция Грецияны 1:0, Ирландия Гибралтарды 3:0, Англия Арқа Македонияны 7:0 есапларында жеңип шығыўға еристи.

Сондай-ақ, бул турда жақын қоңсымыз Қазақстан сайланды командасы Арқа Ирландияға сапар етип, онда 1:0 есабында жеңиске еристи. Қазақстан командасы қурамында жеңис тобын 88-минутта Аймбетов урыўға миясар болды.

Швейцария-Румыния, Словения-Дания ойынларында болса, командалар теңбе-тең ойнап, өз-ара бир упайдан бөлисти.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы