Кегейли районында Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде ислеўши ҳаял-қызлар арасында спорттың волейбол түринен жарыс өткерилди.

Қызғын беллесиўлер менен өткерилген жарыс жуўмағында, 1-орынды 6-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми командасы ийелеўге миясар болды.

Ал, екинши ҳәм үшинши орынлар 1-18-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми командаларына несип етти.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы