Бүгин Ташкент қаласындағы «Бунёдкор» стадионында футбол бойынша сайланды командалар арасында тарийхта биринши мәрте өткерилип атырған «CAFA Nation`s Cup-2023» жарысының финал ойыны болып өтеди.
Онда Азияның ең күшли сайланды командаларының биринен есапланған Иран Срежко Катанес басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы менен турнирдиң бас сыйлығы ушын өз-ара гүрес жүргизеди.
Ушырасыўды бас төреши сыпатында россиялы Кирилл Левников басқарып барса, оған қанатларда ўатанласлары Андрей Веретешкин ҳәм Игор Болховитин жәрдем береди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы