14-19-июнь күнлери Ташкент қаласында ҳаял-қызлар гүреси бойынша Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти.

Онда қарақалпақстанлы спортшылар табыслы қатнасып, 53 кг салмақта Ақтеңге Кеўлимжаева, 57 кг да Улмекен Есенбаева, 57 кг да Нилуфар Өтемисова, 59 кг да Ақсүңгил Азизова, 62 кг да Гүлмира Айтмуратова, 65 кг да Миясар Қошмуратова, 68 кг да Арыўхан Жумабаева, 76 кг да Валентина Төрениязовалар алтын медальды жеңип алыўға миясар болды.

Ал, 53 кг салмақта Сандыўғаш Джиенбаева, 55 кг да Айсәнем Қурбанбаева, 57 кг да Азиза Алиева, 65 кг да Набира Есенбаева, 72 кг да Феруза Есенбаевалар гүмис, 50кг да Гүлсәнем Қурбанбаева, Гүлчеҳра Шамуратова, 55 кг да Мавлюда Қалбаева, 59 кг да Меҳрибан Дәўлетбаева, 72 кг да Гөззал Аллаяровалар қола медалына ылайық деп табылды.

-Республикамыз спортшыларының бул жарысқа мүнәсип түрде қатнасыўына өзиниң жақыннан жәрдемин берип, бизлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап киятырған Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги басшыларына өзлеримиздиң шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз,-дейди команда тренери Айнура Жапақова.-Алдағы ўақытлары өткерилетуғын жарысларда да палўанларымыз өзлерине билдирилген исенимди толық ақлап, Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында да жеңимпазлар қатарынан орын ийелейтуғынлығына ҳәм усы арқалы Париж-2024 жолламасын қолға киргизеди, деп ойлайман.

Қарақалпақстанлы спортшыларды бул жарысқа тренерлерден Арсен Шарашенидзе, Баҳадыр Қалимбетов, Баҳрам Алланиязов,

Айнура Жапақова, Дәўлетияр Артықбаев, Азат Мадреймов, Дайыбек Отарбаев, Бахыт Марқабаев, Наўрыз Абдиғаппаров ҳәм Барзу Қилибаевлар таярлады.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы