Өзбекстан мусылманлар басқармасы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў орайы, Халық билимлендириў министрлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте усы жылдың май айы даўамында «Ҳәдислер билимданы» таңлаўын өткереди.
Бул ҳаққында Kun.uz сайты хабар бермекте. Таңлаў ҳаққында толық мағлыўматларды кейинирек жәриялаймыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги