Қытайдың Уси қаласында өткерилип атырған қылышласыў спорты бойынша Азия чемпионатында Республикамыздың мақтанышы есапланған Зайнаб Дайибекова сабля бағдарында барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медалды қолға киргизиўге еристи.
Жерлесимиз чемпионаттың таңлап алыў басқышларында Вьетнам, Қытай, Австрия ўәкиллерин, ярым финалда ҳиндстанлы Бхавани Чадалавадады жеңип шықты.
Ал, финал беллесиўинде болса, 3 мәрте жәҳән чемпионатының сыйлы орын ийеси, Токио-2020 Олимпиадасында қола медалды жеңип алған қубла кореялы Жису Юнды жеңилиске ушыратыўға миясар болды.
Бул медаль Зайнаб Дайыбекованың ересеклер арасындағы Азия чемпионатында қолға киргизген дәслепки алтын медалы болып есапланады.
Өткерилип атырған Азия чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы қурамында Зайнабтан тысқары республикамыз спортшыларынан ерлер арасында Азизбек Даўлетназаров, Шерзад Мамутов, Исламбек Абдазов, Муса Айтмуратов, қызлар арасында Гүлистан Пердебаева, Наргиза Жақсыбаевалар да қатнасып атыр.
Қарақалпақстанлы бул спортшылардан да жақсы хабарлар күтип қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы