Усы күнлери Сингапурда спорт гимнастикасы бойынша Азия  чемпионаты болып өтпекте.

Онда Олимпиада ойынларына қатнасыў саны бойынша Гиннес рекордлар китабына кирген, аты әпсана спортшы Оксана Чусовитина таянып секириў бойынша гүмис медальды қолға киргизди.

Бул жарыста Оксанадан кубла кореялы   Йео Сео-Жеонг ғана жоқары балл топлаўға еристи.

Соны да айтып өтиўимиз керек, 1 мәрте Олимпиада чемпионы (1992-жылы, Барселонада), 3 рет жәҳән, Европа чемпионы ҳәм Азия ойынларының жеңимпазы болған Оксана Чусовитина бүгин өзиниң 48 жасын қарсы алмақта.

Усындай үлкен жаста да абырайлы спорт жарысларында жаслар менен бир қатарда елимиз байрағын жоқары шеклерге көтерип киятырған Оксанаға қанша ҳәўес етсең де арзыйды.

Ол келеси жылы Парижде өткерилетуғын жазғы Олимпиада ойынларына қатнасыўға жолламаны қолға киргизиў ушын Азия ҳәм жәҳән чемпионатларына мүнәсип түрде қатнасып келмекте.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы