«Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде Әндижан, Наманган ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында спорттың Workout ҳәм стол тенниси бойынша ѳткерилген жарысларда қарақалпақстанлы спортшылар бир қатар табысларды қолға киргизди.
Атап айтатуғын болсақ, «А» лигада қатнасқан Мойнақ районындағы Жайҳун мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Данияр Жумабаев 27-30-жас категориясында 3-орынды, «В» лиганың 16-21-жас категориясында Нѳкис қаласындағы Ақ жағыс МПЖ турғыны Азамат Халқабатов екинши, 22-26-жас аралығындағы спортшылар арасында Тақыятас районындағы Жайҳун МПЖ турғыны Нурмахан Елбаев 3-орынды ийелеўге миясар болды.
Стол тенниси бойынша өткерилген жарыслардың «С» лигасында қатнасқан Шымбай районындағы Темир жол гүзары МПЖ турғыны 22-26 жас аралығындағы жаслар арасында Наргиза Турдыбаева ҳәм Нѳкис районындағы Тѳк таў МПЖ турғыны Айзада Бахиева 27-30-жас категориясында 1-орынды ийелеўге миясар болды.
Ал, Шымбай районындағы Шахтемир МПЖ турғыны Албина Жуманова 3-орынды жеңип алды.
Жеңимпаз спортшыларымыз шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы