Кеше футбол бойынша Европа Миллетлер лигасының финал ойыны болып өтти. Онда Испания сайланды командасы соңғы жыллары ҳәр қандай күшли команда ушын да қәўипли қарсылас есапланған Хорватия сайланды командасы менен өз-ара ушырасты.

Кескин жағдайларға бай болған ушырасыўдың тийкарғы ўақты ҳәм қосымша таймларда да есап ашылмады. Сонлықтан төрешилер тәрепинен белгиленген тәртипке муўапық пенальтилар сериясына нәўбет берилди.

Онда Испания сайланды командасы 5:4 есабында жеңип шығып, Португалия ҳәм Франциядан соң Европа Миллетлер лигасының бас сыйлығын қолға киргизди.

Үшинши орын ушын болған ушырасыўда Италия сайланды командасы Нидерландияны 3:2 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм жарыстың қола медалы менен сыйлықланды.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы