Мәмлекетимиз жаслары арасында өткерилип атырған «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде Жиззақ  ўәлаятында спорттың стол тенниси түри бойынша жарыслар шөлкемлестирилди.

Онда республикамыздың стол теннисшилери де жақсы нәтийжелерди қолға киргизиўге еристи.

Атап айтатуғын болсақ, «А»  лига жарысларында Әмиўдәья районындағы  Байаўыл мәкан пуқаралары жыйынының турғыны Марина Камалова 22-26-жас категориясында екинши, Тақыятас районындағы  Кенегес аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Шахзад  Уразбаев  ҳәм 16-21 жас аралығында Әмиўдәрья районындағы Дурунки  елатының турғыны Мадина Шамуродовалар үшинши орынларды жеңип алыўға миясар болды.





Өткен күни жеңимпаз спортшыларымыз Нөкис темир жол вокзалында Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен салтанатлы жағдайда күтип алынды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.