Самарқанда ўәлаятында жаслар арасында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде стритбол бойынша жарыслар өткерилип, онда республикамыз спортшы жаслары жеңиске ерисип, халқымызды қуўанышқа бөледи.
Атап айтқанда, ерлер арасында 16-21-жас категориясында Кегейли районының Мәденият мәкан пуқаралар жыйынының командасы биринши орынды ийелеген болса, 22-26-жастағылар арасында Халқабад мәкан пуқаралар жыйыны командасы ҳәм 27-30 жастағылар арасында Хожели районындағы Қырқыншы мәкан пуқаралар жыйынының жаслары үшинши орынларды жеңип алыўға еристи.
Ал, 22-26 жас аралығындағы қызлар арасында болса, Шымбай районындағы Бердақ мәкан пуқаралар жыйынының командасы барлық қарсыласларын жеңип шығып, жарыстың бас сыйлығын ҳәм алтын медалын жеңип алыўға миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы