Футбол ҳәм мини-футбол бойынша Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығының кубоги ушын жарыстың Әмиўдәрья районы басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.
Онда район ҳәкими С.Йўлдашев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде спортты, соның ишинде, миллионлар ойыны футболды раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти. Районлық басқышта жеңимпаз болған командалардың ойыншыларын ҳәм олардың тренерлерин қутлықлап, алда болатуғын жарысларда да әўмет тиледи.
Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, олардың арасында ғалабалық спортты раўажландырыўда Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығының кубоги ушын жарыслар айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Районда усы жылдың 12-апрель күни старт берилген жарыслар жуўмағына жетип, жеңимпазлар анықланды.
Оның нәтийжелери бойынша футбол бойынша Толқын аўылының командасы биринши, Куюк кўпир аўылының жаслары екинши, Холимбег аўылының жаслары үшинши, мини-футбол бойынша Бостан мәҳәллесиниң жаслары биринши, Хизир эли мәҳәллеси екинши, Дәрьябойы мәҳәллеси үшинши орынларды ийеледи. Қызлар арасындағы жарыста Халимбег аўылының командасы жеңимпаз болды. Қылышбай аўылының қызлар командасы екинши, Ақ алтын аўылы командасы үшинши орынларды қолға киргизди.
Жеңимпазларға Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығының кубоги, жеңимпаз командалардағы ойыншылардың ҳәр бирине медаль, баҳалы саўғалар ҳәм Алғыснамалар тапсырылды.
Сыйлықлаў мәресими концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги