«Ўатан меҳри жүрегимде» идеясы тийкарында оқыўшыызлар арасында «Тумарис избасарлары» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен өткерилген таңлаўда 14 район ҳәм Нөкис қаласынан, жәми 15 команда қатнасты.

Таңлаў қызлардың санасында инсаныйлық пазыйлетлерин қәлиплестириў арқалы жәмийет алдындағы жуўапкершиликти сезинетуғын, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет, Ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаўға мүнәсип үлес қосып киятырған интакер, талапшаң қызларды жүзеге шығарыў, оларды мүнәсип хошаметлеў ҳәм нәтийжели тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў мақсетинде республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-11-класс оқыўшы-қызлары арасында өткерилди.

Таңлаўда қатнасқан қызлар Тумарис образын жаратыў, «Егер мен болғанымда», мийўелерди безеў өнери, интеллектуаллық беллесиўлер, «Ўатан меҳири жүрегимде»  шәртлери бойынша беллести.












Төрешилер қурамының баҳалаўына бола, биринши орынға Нөкис қаласы, екинши орынға Шымбай районы ҳәм үшинши орынға Кегейли районы командалары мүнәсип деп табылды. Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.




Биринши орынды қолға киргизген команда таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды.

М.Нуратдинова,

ҚМУ, Мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўретлери