Елликқала районындағы 18-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасында кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында «20 мың исбилермен – 500 мың тәжирийбели қәниге» бағдарламасы шеңберинде исбилерменлик субъектлери ҳәм жумыссыз пуқаралар менен дөгерек сәўбети болып өтти.

 Онда район ҳәкими С.Авезов, Республика жумысшы топарының ағзасы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы статистика агентлиги директорының орынбасары А.Икрамов, Республика жумысшы топарының ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы акционерлик коммерциялық Халық банки басқарыўшысы К.Уразымбетов ҳәм ҳәким жәрдемшилери, исбилерменлик субъектлериниң жуўапкерлери, жумыссыз пуқаралар қатнасты.

Илажда усы жылдың май айында Президентимиздиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде жаңа басқышқа өтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўы бойынша сәўбетлесилди.

Атап өтилгениндей, Президент халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм тәжирийбели қәнигелер таярлаўдың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде исбилерменликке және де кең имканиятлар жаратыў ҳәм қаржылай хошаметлерди усыныў кереклигин айтқан еди. Усы мақсетте 1-июннен баслап «20 мың исбилермен – 500 мың тәжирийбели қәниге» бағдарламасы әмелге асырылыўы режелестирилген еди.

Илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги