Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде спорттың «Ритмли гимнастика» түри бойынша жарыс өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған жаслардың мәнаўиятын жоқарылатыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша әҳмийетли 5 баслама тийкарында, сондай-ақ, «Жаслар айлығы» мүнәсибети менен өткерилген жарысқа университеттиң дене мәденияты факультетиниң 60 тан аслам студент-қызлары қамтып алынды.
Қызлардың гимнастикаға болған қызығыўшылығын, спорт шеберликлерин тәжирийбели спортшылардан ибарат төрешилер қурамы баҳалап барды. Нәтийжеде биринши орынды Ҳаял-қызлар спорты тәлим бағдарының 103-топары, екинши ҳәм үшинши орынларды 111-топар студентлери жеңип алды.
– Жасларымыз арасында жыл сайын гимнастика спорт түри есапланған спорт гимнастикасы, трамполин, акробатика, ритмли гимнастикаға қызығыўшылық артып атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Олардың арасынан қәбилетли спортшыларды таңлап алыў системасын жетилистириў, халықаралық талап ҳәм стандартлар тийкарында профессионал спортшыларды таярлаў арқалы сайланды команда қәлиплестирилип, абырайлы жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисиўди тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта, -дейди дене мәденияты факультети деканының жаслар менен ислесиў бойынша орынбасары Р.Өтениязов.
Қарақалпақстан хабар агентлиги