Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелланың мирәт етиўине бола 7-июнь күни рәсмий сапар менен Рим қаласына келди.

Италия пайтахтының «Фьюмичино» аэропортында Өзбекстан жетекшисиниң сапары мүнәсибети менен еки елдиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Жоқары мәртебели мийманды Италия қорғаныў министри Гвидо Крозетто ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.





Сапар бағдарламасына муўапық, жоқары дәрежедеги ушырасыўлар Рим қаласында болып өтеди. Мәмлекетимиз басшысы Италия Президенти Сержо Маттарелла ҳәм Бас министр Жоржа Мелони менен сөйлесиўлер өткереди.

Өзбекстан менен Италия арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды ҳәм тийкарғы бағдарлардағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылады. Халықаралық күн тәртиби бойынша пикир алысылады.

Буннан тысқары, Өзбекстан жетекшиси бас резиденциясы Италия пайтахтында жайласқан Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң бас директоры Цюй Дунъюй менен ушырасыў өткереди. Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплерин додалаў режелестирилген.

Сапардың исбилерменлик бағдарламасы Милан қаласында болып өтеди – Өзбекстан Президенти Ломбардия ўәлаятының губернаторын қабыллайды ҳәм Италияның жетекши компания ҳәм шөлкемлериниң басшылары менен ушырасыў өткереди.

ӨзА