Бозатаў районындағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң спорт залында «Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик!» сүрени астында өткерилип атырған фестиваль шеңберинде волейбол бойынша қызлар арасында районлық Жаслар ислери агентлигиниң бириншилиги болып өтти.

Оған районның барлық аймақларынан 8 команда қатнасты.



Кескин беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, 1-орынды 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жаслары ийелеўге миясар болды.

2-орын болса, 14-санлы, 3-орын 11-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң командаларына несип етти.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы