Brand Finance консалтинг компаниясы дүньяның ең қымбат футбол клублары рейтингин жәриялады.

Бул рейтинг бойынша  «Манчестер Сити»  клубы 1,51 миллиард евро менен биринши орынды ийелеп тур.

Ал, соңғы төрт жылдан берли бул рейтингти басқарып киятырған Мадридтиң «Реал» клубы  1,46 млрд евро менен екинши орынға ылайық деп табылған.

Күшли үшликти болса, Испанияның және бир атақлы клубы Барселона 1,37 млрд евро менен ийелеп тур. Англияның Манчестер Юнайтед ҳәм Ливерпуль клубы есабында 1,36 млрд евро бар деп баҳаланған.

Дүньяның ең күшли ҳүжимшилери ойнап атырған  ПСЖ  1,13 млрд евро, Германия гранды Бавария  1,1 млрд евро қаржыға ийе деп көрсетилмекте.

Ең қымбат футбол клублары онлығында  Англияның Арсенал ( 0,91 млрд евро),  Тоттенҳэм  (0,90 млрд евро) ҳәм Челси ( 0,86 млрд евро) клублары орын алған .

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы