Қишлоқ хўжалиги соҳасини замонавий тизимга ўтказиш – давр талаби

Президентимиз Шавкат Мирзиёев 22-июль күни Паркент районындағы «Марказий» мәкан пуқаралар жыйынына келди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-февральдағы «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық мәҳәлле жумысының шөлкемлестириўшилик тийкарлары, жәмийетлик турмыстағы роли беккемленбекте.

«Марказий» мәкан пуқаралар жыйыны ушын жаңа имарат, мәҳәлле гүзары қурылған. Бул жерде жыйын хызметкерлери, профилактика инспекторлары ҳәм халық ушын барлық шараят жаратылған. Мәҳәлле баслығы, хаткер, мәсләҳәтшилер, профилактика инспекторы ушын айрықша бөлмелер ажыратылған, олар компьютер, мебель, тийисли әдебиятлар менен тәмийинленген. Профилактика инспекторының бөлмесинде мәҳәлледеги жәмийетшилик орынларға орнатылған видеобақлаў үскенелери арқалы аймақты қадағалаў имканиятын беретуғын монитор орнатылған.

Мәҳәлле ҳаққында нызам бар, шараят жаратылған, бирақ, мәҳәлле баслығының жуўапкершилиги жетерли дәрежеде белгиленбеген, төменги система жоқ еди, деди мәмлекетимиз басшысы. Енди мәҳәлле пуқаралар жыйынына үлкен ўәкилликлер менен имканиятлар берилди. Мәҳәллениң баслығы Президенттиң ўәкили, өз аймағының ийеси болып, ҳәр бир шаңарақтағы жағдайды, адамлардың талапларын билиўи ҳәм оған көмек бериўи керек.

Усы жерде ишки ислер системасы тәрепинен алып барылып атырған профилактикалық жумыслар, «Қәўипсиз дем алыў» концепциясы туўралы мағлыўмат берилди.

Президентимиз Ташкент ўәлаятында, соның ишинде, Паркент районында туризмди раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар екенин, бул ушын дем алыўшылардың ҳәм халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў, адамларды усы бағдарда шаңарақлық исбилерменликке үйретиў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев мәҳәлле гүзарында жумыс ислеп атырған тигиўши ҳәм жумысты үйге алып ислеўши ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.

Районда 2 суў сақлағыш қурыў, тамшылатып суўғарыў тийкарында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, жүзимгершиликлерди шөлкемлестириў, Паркент қаласының бас режеси, көп қабатлы турақ жайлар, жоллар, базар, дем алыў бағы ҳәм басқа да объектлерди қурыў жойбарлары таныстырылды.

Президентимиз Паркентсай ҳәм Қызылсай суў сақлағышларының район экономикасындағы, халықтың дәраматларын арттырыўдағы әҳмийетине тоқтап өтти. Усы суў сақлағышлардың қурылыўы нәтийжесинде 5 мың 800 гектар жер турақлы суў менен тәмийинленеди. 3 мың 900 гектар суўғарылатуғын жерге суў шығарылады. 1 мың 900 гектар жердиң суў тәмийнаты жақсыланады.

Паркент еркин экономикалық зонасын шөлкемлестирип, 100 миллион доллар инвестиция киргизиў, район имканиятларынан ҳәм базар талапларынан келип шығып, өндирислик бағдарларды белгилеў, соның менен бирге, жер асты байлықларын өзлестиретуғын заводларды шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Жаслардың руўхыйлығын арттырыў, ўәлаят экономикасы ушын кадрларды мақсетли таярлаў, халықтың арасында исбилерменликти раўажландырыў ҳәм бәнтликти арттырыў, тынышлықты-татыўлықты беккемлеў мәселелерине де итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Паркент районы Гүлистан мәҳәллесинде жасайтуғын Әминжан ата Муҳаммеджановтың бағында болды.

74 жасты қарсы алған Әминжан ата өмирлик жолдасы Ихтибар әже менен бес перзентти тәрбиялап, өсирген. Перзентлериниң барлығы жоқары мағлыўматлы.

Әминжан ата перзентлери менен «Зуҳра ана плюс» жеке меншик кәрханасын шөлкемлестирген. Мәҳәлледеги дерлик 3 гектар жерде декоратив тереклер менен путалар егип, бағ жаратқан.

Шавкат Мирзиёев бағ бенен танысты. Усындай әжайып бағды жаратқаны, шет елден нәллер әкелип, елимиз шараятында көбейтип атырғаны ушын Әминжан атаға миннетдаршылық билдирди.

Адамның қолы гүл дегени мине усы, деди мәмлекетимиз басшысы. Бул бағ Ўатанға деген муҳаббаттың, мийнет сүйгишликтиң айқын үлгиси. Атаның тәжирийбесин үйрениў, басқаларға ибрат етип көрсетиў керек. Бул адам аўыл хожалығы саласындағы билимлендириў мәкемелеринде сабақ берсин, адамлар келип сол жумысларды үйренсин.

Президентимиз бағда мәҳәлле белсендилери, нуранийлер менен сәўбетлести.

Мәмлекетимиз сиясатының мазмун-мәниси, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси, Ташкент ўәлаятын ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылған режелер туўралы сөз болды.

Нуранийлер халық пенен пикирлесип, инсан мәплерин тәмийинлеўде үлги болып атырғаны, аймақларды раўажландырыўға, адамлардың турмыс абаданлығын араттырыўға қаратып атырған итибары ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Шавкат Мирзиёев Жоқары Шыршық районында қурылып атырған заманагөй логистика орайында болды.

«Greenfoodtrade» ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилип атырған усы орай аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў менен шуғылланады. 2018-жылдың үшинши шерегинде толық қуўатлылық пенен иске қосылыўы нәзерде тутылып атырған усы жойбар елимиздиң экспорт потенциалын арттырыўда, ишки базарды аўыл хожалығы өнимлери менен избе-из тәмийинлеўде, жер майданларынан өнимли пайдаланыўда, жаңа жумыс орынларын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе болады.

Қырқ гектардан аслам майданды ийелеген комплесте 5 кросс-докинг, гипермаркет, аўыл хожалығы өнимлерин таңлап алыў ҳәм сақлаў қоймаханасы, 10 мың тонналық музлатқыш, 150 орынлық мийманхана қурылады.

Бул комплекс туўралы толық мағлыўмат берилди.

Усы жерде Ташкент ўәлаятында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарларды таныстырыў да болып өтти.

Қыбрай районындағы Агрологистика орайы мийўе-овощ өнимлерин кептириў ҳәм қадақлаў, ыссыхана, музлатқыш, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўди өз ишине алады. 2018-жылдың биринши ярымында иске қосылатуғын орайда 500 ге шамалас жумыс орны жаратылады.

«Өзбеказықаўқатхолдинг» холдинг компаниясы тәрепинен Аҳангаран районындағы «Sardorkom» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде алмадан шербет таярлаў жолға қойылады. Паркент районында шөлкемлестирилетуғын кәрханада мийўе-овощты музлатыў, қадақлаў ҳәм сақлаў комплекси, заманагөй ыссыхана қурылады.

Жерлерден өнимли пайдаланыў керек. Бүгин заман туўры келген нәрсени емес, пайда келтиретуғын, базары шаққан өнимлер жетистириўди талап етпекте.

Коммерциялық банклер тәрепинен қаржыландырылып атырған ири жойбарлар туўралы да айтып өтилди. Жойбарларда қағаз өнимлерин қайта ислеў, мийўе-овощларды қадақлаў ушын гофрокартон қутылар ислеп шығарыў, қусшылық саласын раўажландырыў, мийўе-овощ өнимлерин кептириў нәзерде тутылған.

Ташкент ўәлаяты районларында рентабельлиги ҳәм өнимдарлығы төмен болған суўғарылатуғын жерлерге егилетуғын егин түрлериниң схематикалық картасы көрсетилди.

Ўәлаяттағы аўыл хожалығы жер майданларын мониторингтен өткериў жумысларын таныстырыў болып өтти. Онда квадрокоптер жәрдеминде жер майданларын өлшеў, мағлыўматларды электрон базаға киргизиў, жер майданларын аэрофотосъемкалаўға итибар қаратылған. Жер майданларын  АН-2 самолёты ҳәм квадрокоптер жәрдеминде өлшеў нәтийжелери салыстырылды. Мәлим болыўынша, 100 гектар жер самолёттың жәрдеминде 20 саатта үйренилсе, квадрокоптер қолланылғанда тап сол көлемдеги жумысларға тек ғана 4 саат ўақыт жумсалады екен. Буннан тысқары, егинлерге агродрон, ОВХ бүркеўиши ҳәм самолёттың жәрдеминде қайта ислеўдиң салыстырмалы көрсеткишлери де таныстырылды. Жумыс өнимдарлығын арттырыўда заманагөй агродронлардың имканиятлары жоқары баҳаланды.

Усы сыяқлы заманагөй қурылмалар аўыл хожалығында үлкен әҳмийетке ийе, деди Шавкат Мирзиёев. Егер саланың ертеңги күнин ойласақ, бундай заманагөй системаға тезирек өтиўимиз керек. Дронларды ислеп шығарыўды өзлестириў, бул бойынша қоспа кәрхана дүзиў ҳәм кадрларды тәрбиялаў мәселесине айрықша итибар қаратыў зәрүр.

2017-2018-жылларда аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў инновациялық жойбары да көрсетилди. «Өзагротехсанаатмашхолдинг» компаниясы системасындағы кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылып атырған аўыл хожалығы техникалары таныстырылды. Компания аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў, машина-трактор парклерин ҳәм лизинг хызметлерин өзинде жәмлеген. Жойбарлардан елимизде ислеп шығарылып атырған аўыл хожалығы техникалары ҳәм перспективадағы режелер орын ийелеген.

Елимизде беларуслы инвесторлар менен биргеликте заманагөй аўыл хожалығы техникалары ислеп шығарылмақта. Президентимиз сол техникалардың түрлерин көзден өткерди. Инвесторлар менен усы системаны буннан былай да жетилистириў, бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў перспективалары туўралы сәўбетлести.

Мәмлекетимиз басшысының Ташкент ўәлаятына сапары даўамында таныстырылған жаңа жойбарлар ўәлаяттың экономикасын жетилистириў, халықтың абаданлығын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.

ӨзА