Усы жылы 9-июль күни мәмлекетимизде мүддетинен бурын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў жумыслары қызғын түрге енбекте. Сайлаўды мүнәсип өткериў мақсетинде барлық процесслер нызамшылығымызға муўапық тәризде басқышпа-басқыш алып барылмақта.
Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисте сиясий партиялар тәрепинен көрсетилген Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды дизимге алыў ҳаққындағы, сондай-ақ. Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды дизимге алыў ҳаққындағы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды сайлаўалды үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
– Сайлаў кодексине бола, сиясий партиялар жәми сайлаўшыларының кеминде бир проценти муғдарында талабанларды қоллап-қуўатлайтуғын қолтаңбаларды жыйнаўы керек, – деди Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары Баҳром Қўчқоров. – Усы жылдың 31-май күни Орайлық сайлаў комиссиясына Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы ҳәм Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы, 1-июнь күни Өзбекстан Халық демократиялық партиясы ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясы Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанларды дизимге алыўды сорап мүрәжат етти ҳәм талабанларды қоллап-қуўатлайтуғын қолтаңба қағазларын усынды. Орайлық сайлаў комиссиясының эксперт топарлары усы жыл 31-май – 2-июнь күнлери жоқарыдағы 4 сиясий партия тәрепинен усынылған пуқаралардың талабанларды қоллап-қуўатлайтуғын қолтаңба қағазларының дурыс толтырылғанын сайлаў нызамшылығы талапларына қатаң әмел еткен ҳалда тексерди. Тексериў нәтийжелерине бола, эксперт топарларының ағзалары сиясий партиялар тәрепинен усынылған қолтаңбалар нызамшылық талапларына муўапық топланғанын есапқа алып, барлық 4 сиясий партия тәрепинен топланған қолтаңба қағазлары олар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанларды дизимге алыў ушын жетерли муғдарда ҳәм нызамшылық талапларына сәйкес екени ҳаққында шешимге келген. Орайлық сайлаў комиссиясының жумысшы топары Эксперт топарлары тәрепинен усынылған шешимлерди есапқа алған ҳалда ҳәм сиясий партия усынған ҳүжжетлер нызамшылық талапларына толық сәйкес келиўи, белгиленген тәртипте ҳәм мүддетте мүрәжат етилгенинен келип шығып, сиясий партиялар тәрепинен көрсетилип атырған Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды дизимге алыў бойынша өз шешимин усынды.
Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселе бойынша ОСК ағзаларының пикир-усыныслары тыңланды. Буннан кейин Халық демократиялық партиясынан Улуғбек Илёсович Иноятовты, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Шавкат Миромонович Мирзиёевти, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Робахон Анваровна Маҳмудованы ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясынан Абдушукур Худойқулович Ҳамзаевты Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан етип дизимге алыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Сондай-ақ, мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлардың сайлаўалды үгит-нәсиятлаўын өткериў мәселелери додаланды. Нызамшылығымызда белгиленген тәртип ҳәм мүддетлерден келип шығып, Президентликке талабанлардың сайлаўалды үгит-нәсиятлаўы 2023-жыл 7-июньнан басланатуғыны атап өтилди ҳәм қарар қабыл етилди.
Үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыўда барлық талабанлар ушын теңлик принципине әмел ететуғыны атап өтилди. Атап айтқанда, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының республикалық ҳәм аймақлық телерадиоканалларда бийпул ажыратылатуғын эфир көлеми ҳәм ўақты, «Жаңа Өзбекстан», «Правда Востока», «Халқ сўзи», «Народное слово» сыяқлы республика газеталарында ҳәм 24 атамадағы жергиликли газеталарда бийпул ажыратылатуғын басылым майданы тастыйықланды. Ғалаба хабар қураллары сайлаўалды үгит-нәсиятлаў дәўиринде бийпул ажыратылатуғын эфир ўақты ҳәм басылым майданы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлардың сайлаўалды үгит-нәсиятлаўы дәўиринде шығыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылатуғыны атап өтилди. Жаңалықлар бағдарламасында ҳәм басқа да мәлимлеме материалларында Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлардың сайлаўалды илажларын сәўлелендириўде теңлик принципине әмел етиўи керек. Мәжилисте ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды. Орайлық сайлаў комиссиясына келип түскен мүрәжатлар тийкарында 9 жергиликли ғалаба хабар қуралларының 39 ўәкили аккредитациядан өткерилди.
Мәжилисте көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы