Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-июль күни Ташкент ўәлаятына келди.
Ташкент ўәлаяты жоқары экономикалық потенциалы, үлкен тәбийғый ҳәм инсаныйлық ресурслары, раўажланған транспорт коммуникациялары менен елимиздиң раўажланыўында жетекши орында турады. Ўәлаятта химия санааты, нефть-химия, қара ҳәм реңли металлургия, электротехника, машина қурылысы және металлды қайта ислеў сыяқлы заманагөй санаат тармақлары жақсы раўажланған.
Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың 2012-жыл 13-апрельдеги пәрманына муўапық шөлкемлестирилген «Ангрен» арнаўлы индустриаллық зонасы бул бағдардағы потенциалдан толық пайдаланыў, жоқары технологиялы жаңа өндирислик қуўатлылықларды шөлкемлестириўде әҳмийетли фактор болды. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтың 2016-жыл 26-октябрьдеги пәрманына муўапық бул аймақ «Ангрен» еркин экономикалық зонасы, деп аталды, имканиятлары менен жеңилликлери және де кеңейтилди.
Шавкат Мирзиёев 2016-жыл 20-сентябрь күни Ангрен қаласында болып, усы зонада әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, ири инвестициялық жойбарлар менен танысқан еди.
Олардан бири Қытайдың «Поли текноложиз» компаниясы менен биргеликте конвейер ленталарын, аўыл хожалығы техникасы менен автомобиль шиналарын ислеп шығарыў жойбары болып табылады. Жойбарға бола, жылына 100 мың погон метр конвейер лентасы, 200 мың аўыл хожалығы техникасы шинасы, 3 миллион дана автомобиль шинасын ислеп шығарыў режелестирилген.
Президент Ангрен қаласына барып, усы жойбардың орынланыў барысы менен танысты.
Конвейер лентасы ҳәм шиналар санаат, аўыл хожалығы, улыўма алғанда, адамлардың турмысы ушын ең зәрүрли өнимлерден болып табылады. Олар ҳәзирше шет елден алып келинбекте. Бул товарларды елимизде ислеп шығарыў импорттың орнын толықтырыў, валюта қаржыларын үнемлеў, соның менен бирге, экспорттан пайда алыў имканиятын береди.
Бул завод елимиздиң экономикасы ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе, деди Президентимиз. Бул жерде жәҳән стандартларына сай, жоқары сападағы ҳәм кең номенклатурадағы өнимлер ислеп шығарылады. Адамлар турақлы дәрамат дәрегине ийе болады, турмысынан разы болып жасайды.
Заводта «Bars» бренди астында 21 түрдеги өлшемде автомашиналар ислеп шығарылады ҳәм «ЖМ Ўзбекистон» қоспа кәрханасына жеткерип бериледи. Аўыл хожалығында прицеп шинасына ҳәм трактордың алдынғы шинасына ең көп талап сезиледи. Кәрханада таярланатуғын бул өнимлер – 140 мың дана прицеп, 60 мың дана трактор шиналары дийқанлар менен фермерлердиң жумысына мәдет болады. Конвейер лентасының да еки түри – резина тоқымалы ҳәм резина трослы түрлери ислеп шығарылады. Ишки базарды тәмийинлеўден тысқары жылына дерлик 60 миллион долларлық өнимди экспорт етиў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы заводтың шийки затын жергиликлилестириў мәселесине айрықша итибар қаратты. Жиззақ нефтьти қайта ислеў комплекси иске қосылғаннан соң, усы заводтың 50 процент шийки затын жеткерип береди. Соның менен бирге, шийки заттың альтернатив дәреклерин излеў, атап айтқанда, елимизде каучук алынатуғын тереклерди жетистириў бойынша көрсетпелер берилди.
Завод иске қосылғанан соң, 1 мың 200 ге шамалас адам жумыс пенен тәмийинленеди. Жаслар заманагөй технологияларды ийелеп, маман кадр болып қәлиплеседи. Ҳәзирги күнге шекем 68 қәниге Қытайда маманлығын арттырып қайтты. Кәрхана ушын қәнигелер анық, мәнзилли тийкарда таярланады.
Президентимиз «Поли техноложиз» компаниясы менен бирге ислесиўди беккемлеў, атап айтқанда, имканиятларды буннан былай да кеңейтиў, өндиристи ҳәм қайта ислеўди тереңлестириў бойынша «Өзбекхимиясанаат» акционерлик жәмийети менен 10 жыллық стратегия ислеп шығыў зәрүрлигин атап өтти.
Бүгинги күнде заводта қурылыс-монтажлаў жумыслары жедел даўам етпекте. Режеге бола, быйылғы жылдың 1-сентябрь күни кәрханада биринши шина ислеп шығарылады ҳәм халықаралық стандарт алыў ушын сынаққа усыныс етиледи.
Усы жерде қурылыс материалларын, автомобиль қурылысын, электр техникасын ҳәм нефть-химия өнимлерин ислеп шығарыў, «Ангрен» еркин экономикалық зонасында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, Ташкент ўәлаятындағы бос турған имаратлардан нәтийжели пайдаланыў бағдарындағы жумыслар туўралы мағлыўмат берилди.
Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарлардың экономикалық нәтийжелилиги менен қызықсынды, шийки заты менен базарын сорастырды. Кәрханаларды иске қосыўда сапаға ҳәм мүддетке айрықша итибар қаратыў, энергияның жумсалыўын азайтыў арқалы өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў зәрүрлигин атап өтти.
Ташкент ўәлаятындағы бос турған өндирис майданлары тийкарында 18 киши санаат зонасын шөлкемлестириў режесине айрықша итибар қаратылды.
Ташкент ўәлаятының ертеңги күни бул – санаат, деди Шавкат Мирзиёев. Усы майданларда киши-киши кәрханалар шөлкемлестирип, олардың бой тиклеўине көмеклесиў, қандай өним ислеп шығарыўды базар талабын ҳәм импортты үйрениў тийкарында белгилеў, соңынан олардың жумысын кеңейтип барыў зәрүр. Соның нәтийжесинде мыңлаған жумыс орынлары жаратылады, қаржыландырыў базасы да кеңейеди.
Президентимиз шет елли инвесторлар менен сәўбетлести.
Усы жерде «Ангрен» еркин экономикалық зонасындағы кәрханаларда ислеп шығарылып атырған өнимлердиң үлгилери таныстырылды.
Шавкат Мирзиёев Орта Шыршық районындағы «Өзбегим атлары» ат заводының жумысы менен танысты.
Елимизде жылқышылықты ҳәм ат спортын раўажландырыў, оның материаллық-техникалық ҳәм азықлық базасын беккемлеў, усы сала ушын қәнигелерди таярлаў, олардың маманлығын арттырыў, шет еллердиң алдынғы тәжирийбелерин үйрениў арқалы нәсилли, спорт ҳәм хызмет атларын көбейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 15-июньдеги «Өзбекистан Республикасында жылқышылықты ҳәм ат спортын раўажландырыўға байланыслы қосымшы илажлар ҳаққында»ғы қарары бул бағдарда әҳмийетли қолланба болмақта.
«Өзбегим атлары» ат заводы 1992-жылы шөлкемлестирилген болып, оның майданы 140 гектардан аслам. Завод әййемги ат нәсиллери, соның ишинде, Ахалтеке тулпарларын бағыўға ҳәм көбейтиўге қәнигелестирилген. Бүгинги күнде бул жерде 300 ге шамалас ат бағылмақта.
Тарийхый дәреклерге қарағанда, Ахалтеке нәсилли атлары буннан бес мың жыл бурын пайда болған. Ол Азия халықларының жазба дәреклеринде аспан тулпарлары, арғымақ, ушқыр айғырлар, деп тәрийпленген. Тасларда, таўларда сақланып қалған сүўретлердиң гүўалық бериўинше, Ахалтеке арғымақлары әййемги ўақытта ҳәзирги Ферғана ойпатлығында, Хорезм ўәлаятының аймақларында ушыраған. Бул атлар Түркменстанда кеңнен тарқалған.
Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевқа Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов саўға еткен «Досхан» лақаплы нәсилли ат усыныс етилди.
Ат заводында нәсилли атларды көбейтиў, салада нәсилшилик жумысларын жақсылаўға қаратылған перспективалы жойбарлар менен таныстырыў да болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Паркентсай суўынан өнимли пайдаланыў жойбары менен танысты.
Ҳәр бир қарыс жерден өнимли пайдаланыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Тамшылатып суўғарыў усылын кеңнен енгизиў, жүзимгершиликлер арасына аўыл хожалығы егинлерин егиў зәрүрлиги атап өтилди.
Паркент қаласының бас режеси туўралы мағлыўмат берилди. Буннан тысқары, Паркенттиң экологиялық таза аймақларында дем алыў ҳәм саламатландырыў орынларын орналастырыў бойынша усыныслар берилди. Қурылып атырған дем алыў зоналары энергияны үнемлейтуғын имаратлардан ибарат болады.
Президентимиз Паркенттиң ең сулыў жеринде жазыўшы-шайырлар ушын 50 үй қурып бериў керек, деди. Олардың дөретиўшилик мийнет етиўи ушын шараят жаратыў зәрүр.
Мәмлекетимиз басшысына Ташкент ўәлаятының тийкарғы туристлик бағдарлары таныстырылды. Ўәлаят аймағында Чимён дем алыў бағы, Шарбақ суў сақлағышы, Ихнаж, Урунгач, Шавур, Бадак көллери бар. Ўәлаятта 45 мийманхана, 4 туроператор, 71 санатория, 1 қорықхана, 5 тоғай хожалығы бар. Бул имканиятлардан өнимли пайдаланыў бойынша режелер, 2017-2018-жылларда ўәлаятта туризм саласын буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы көрсеткиш болжаў параметрлери усыныс етилди. Чимён дем алыў бағында шет елли ҳәм жергиликли туристлер ушын 500 орынлық заманагөй мийманхана комплексин таныстырыў болып өтти. Усы аймақта заманагөй аспа жол қурыў жойбарына да итибар қаратылды. Узынлығы 2 километр болған, 26 кабинадан ибарат аспа жолды 10 ай ишинде қурыў мөлшерленбекте.
Президентимиз Бостанлық районы «Хожакент» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында қурылатуғын «Қос-Шынар» мийманхана комплексиниң жойбары менен танысты. Комплекстен 130 орынлық мийманхана, 60 орынлық ресторан, саламатландырыў орайы ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары орын алған.
«Әмирсай» таў-лижасы дем алыў орайының бас жойбары заманагөй шешимлери ҳәм көлеми менен ажыралып турады. Бул жерде жылдың ҳәр қыйлы мәўсимлеринде туристлерге хызмет көрсететуғын система жаратылады.
Президентимиз Ташкент ўәлаятының туристлик потенциалынан өнимли пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти. Усындай шараят бола турып, бар имканиятлардан толық пайдаланбай атырмыз, деди Шавкат Мирзиёев.
Ташкент ўәлаятының сулыў жерлерине тәжирийбе сыпатында мийман үйлерин шөлкемлестириў бойынша усыныслар берилди. Бунда әзелий үрп-әдетлеримиз тийкарындағы илажларға туристлерди тартып, оларға миллий тағамлар таярлаў процесслерин таныстырыў ҳәм басқа да қызықлы илажларды шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятында әмелге асырылатуғын дөретиўшилик жумыслардың жойбары менен танысты. Ўәлаятта бул бағдардағы кең көлемли жумысларды буннан былай да жеделлестириўде Президентимиздиң 2017-жыл 20-июльдеги «Ташкент ўәлаятының ҳәкимшилик-аймақлық структурасын ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Ташкент ўәлаяты аймағынан өтетуғын Ташкент – Сырдәрья автомобиль жолының бойында жаңа турақ жайлар, социалық сала объектлериниң қурылысы нәзерде тутылған. Зәңгиата, Чиназ ҳәм Янгийўл районларының аймағынан өтетуғын жол бойында турақ жайлардың қурылысы ҳәм оның жайласыўы жойбарын таныстырыў болып өтти. Ташкент ўәлаятының районлары менен қалаларында 5 ҳәм 7 қабатлы заманагөй турақ жайлар қурылады.
Ташкент ўәлаятының ҳәкимшилик орайы жоқ еди. Ҳәзирги күнде Тўйтепа қаласын ўәлаяттың орайы сыпатында қайта қурыў илажлары әмелге асырылмақта. Бул бойынша шет елден архитекторлар мирәт етилген. Тўйтепа қаласының бас режеси де таныстырылды.
Президентимиз жойбар менен танысып, Ташкент – Тўйтепа жолы әтирапында заманагөй турақ жайлар салыў, социаллық сала объектлерин заман талаплары дәрежесинде қурыў бойынша көрсетпелер берди.
Ташкент ўәлаяты ҳәкимлигинде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың басшылығында ўәлаят белсендилериниң мәжилиси болып өтти.
ӨзА