Саудия Арабстанының  «Ал Ҳилол» клубы  Лионель Мессиди сатып алып келиў бойынша рекорд сумманы усыныс етти.

Яғный, аргентиналы футбол жулдызы бул араб клубы тәрепинен усынылған шәртнамаға қол қойса, 2 жылда 1,2 миллиард евро ақшаға ийе болады. Буның ушын футболшының әкеси Хорхе улын бул усынысқа көндириўи лазым.

Мағлыўматларға қарағанда, Месси ПСЖдан басқа клубқа өтиўи мүмкин. Лионельдиң өзи Испанияның  «Барселона»сына қайтыўды режелестирген. Бирақ, ол жердеги финанслық машқалалар Мессидиң Каталонияға қайтыўына тосқынлық етиўи мүмкин.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы