Нөкисте O‘zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси партия шөлкеминиң гезектеги конференциясы өткерилди. Онда партияның барлық төменги буўынлары, қала ҳәм районларынан сайланған делегатлар қатнасты.

Әнжуманды O‘zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Сағындық Турманов басқарды. Конференцияда мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президентлигине болып өтетуғын сайлаўда белсене қатнасыў ҳәм партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинен O‘zLiDePтиң XI съездине делегатлар сайлаў мәселеси додаланды.

Илаж даўамында шығып  сөйлегенлер, соңғы жыллары мәмлекетимизде барлық тараўларда үлкен реформалар әмелге асырылғанлығына айрықша итибар берди. Тек ғана исбилерменллик жумысын заманагөй базар қатнасықлары талапларынан келип шығып және де еркинлестириў бойынша белгили бир жумыслар орынланды. Соның менен бирге, қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығының жаратылғаны нәтийжесинде, Өзбекстанда исбилерменлер саны дерлик еки миллионға жеткени айтылды.










Өз гезегинде, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы бүгин елимизде алып барылып атырған халықшыл ҳәм турмыслық реформалардың табыслы алып барылыўы ушын жуўапкершиликти өзлерине алған сиясий күш екенлиги атап өтилди.

Партияның пүткил мақсет-тилеги уллы мәртебели ҳәм ҳақкеўил халқымызға хызмет етиў, алып барылып атырған реформаларды жаңа басқышта даўам еттириў, елимиздиң дүньяның жетекши мәмлекетлери қатарынан орын алыўы ушын ҳәрекет етиўден ибарат екенлиги атап өтилди.

Конференцияда Өзбекстан Либерал демократиялық партиясының X8 съездинде қатнасыў ушын Қарақалпақстан Республикасынан делегатлар сайланды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

 Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет),

Қарақалпақстан хабар агентлиги