Қарақалпақстан медицина институты клиникасында госпитал түриндеги “Меҳирли мектеп” филиалы ашылды.

Зироат Мирзиёева бул жерде жаратылған шараятлар менен танысып, балалар менен жақыннан сәўбетлесип, педагоглар ҳәм ата-аналар менен пикирлести.




“Меҳирли мектеп” – билимлендириўден, ким қандай жағдайға түсип қалғанына қарамастан, ҳәмме бирдей мүмкиншиликтен пайдаланыўына айқын мысал болады. Бул жерде узақ ўақыт даўамында емленип атырған ҳәм әпиўайы мектеп яки бақшаға қатнаў имканияты болмаған балалар билим алмақта ҳәм тәрбияланбақта. Олар реабилитация процесинен усы жердиң өзинде ата-аналарының қатнасыўында өтеди.

Жыл ақырына шекем “Меҳирли мектеп” филиаллары Әндижан ҳәм Ферғана ўәлаятларында да ашылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги