Мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баспасөз орайын шөлкемлестириў ҳәм қурамын тастыйықлаў, сондай-ақ, округ аймағында сайлаў участкаларын дүзиў мәселеси көрип шығылды.

Күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы Т.Атамуратов сайлаўды өткериў ҳәм оған таярлық көриў процесслерин сәўлелендириўде ғалаба хабар қуралларының роли, соның ишинде, олар менен биргеликте жумыс ислейтуғын округ жанындағы Баспасөз орайын шөлкемлестириўдиң әҳмийетине тоқтап өтти. Баспасөз орайы қурамына киргизилген қәнигелер алдын да усындай бир неше сиясий процесслерде қатнасқан тәжирийбели журналистлер екенлиги атап өтилди ҳәм Баспасөз орайының қурамы округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланды.

Мәжилис күн тәртибине қойылған екинши мәселе бойынша 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары С.Утемуратованың мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, Сайлаў кодексиниң 10-статьясында Сайлаў участкаларын дүзиў тәртиби ҳәм нормасы белгилеп қойылған. Оған бола, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы, Нызамшылық палатасы депутатлары, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери депутатларының сайлаўын өткериў бойынша сайлаў участкалары районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлериниң усынысы тийкарында округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен, районлық, қалалық Кеңеслердиң депутатлары сайлаўын өткериў бойынша сайлаў участкалары болса районлық, қалалық сайлаў комиссиялары тәрепинен дүзиледи. Округлик сайлаў комиссиясы сайлаў участкаларының тәртип номерин белгилейди ҳәм тийисли участкалық комиссияның телефон номерлери, орналасқан жери ҳәм даўыс бериў имаратын көрсеткен ҳалда сайлаўшыларды ҳәр бир участканың шегаралары ҳаққында хабардар етиўди шөлкемлестиреди.

Мәжилисте район (қала) ҳәкимликлериниң усынысы тийкарында 1-Қарақалпақстан сайлаў округи қурамында улыўма 654 сайлаў участкасын дүзиў бойынша қарар қабыл етилди.





Мәжилис соңында 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы Т.Атамуратов күн тәртибиндеги мәселелер Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў ҳәм оған таярлық көриў бойынша ис-режеге муўапық әмелге асырылатуғын ўазыйпаларды белгилеп алды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши Қарақалпақстан Республикасындағы участкалардың 544 и улыўма орта билим бериў мектеплеринде, 30 ы колледж, 8 и медициналық, 13 и мәмлекетлик мәкеме ҳәм шөлкемлерде, 36 сы мәденият ҳәм спорт орайларында, 12 си жоқары оқыў орынларының имаратларында, 3 еўи мәкан пуқаралар жыйынлары уйымларында, 4 еўи әскерий бөлим ҳәм еркинен айырыў мәкемелеринде, 2 еўи әдиллик бөлимлерине ҳәм 2 еўи исбилерменлерге тийисли имаратларда жумыс алып барады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы