Егер тәрбия жәмийеттиң раўажланыў басқышында болғанындай  тек турмыс даналығына, сезимге, жумбаққа тийкарланғанында тәрбия бериў әҳмийетинде әдебий нормалар болмас еди. Тәрбия -шаңарақтан басланады. Ата-ана шаңарақтың ең дәслепки уйтқысы.

Дүньяға келген нәресте тәлим-тәрбия алыўды ана ҳәйймўинен баслайды. Дүньядағы ең жақсы нәрселерге ийе болыў ақыл ҳәм тәрбияның жемиси болып есапланады.

«Садақаның абзалы мөмин кисиниң илим үйренип, соң басқа бирәдарларына да үйретиўинде», деп келтирилген ҳәдисте. Замахшарий бабамыз болса: «Балам, дүнья сени бир тийинсыз қалдырғанда да илим үйрениў талабында бол. Себеби, илимди сүйген инсанды жақсы пазыйлетлер қоршап алады», деп нәсият етеди. Илим – бизди кәмилликке жетеклеўши күш дәреги. Илим ғана инсанға шексиз имканиятлар есигин ашады. Қаншелли алда болыў – өз қолымызда.

​Әдебият барлық нурларды өзинде жәмлегени менен, поэзия сезимлерге суўғарылғанлығы, пикирге қанықлығы менен гөззал. Жүректен дөрелген қосықлар  ғана жүреклерге жетип барып, кеўиллерди абат етеди. Оларды оқып отырып, түрли жағдайды бастан кеширемиз: жылаймыз, жубанамыз, қуўанамыз… руўҳымыз пәкленеди. Бизди поэзия сыяқлы баска ҳеш нәрсе бул дәрежеде күшли тәсирлендире алмайды.

Дөретиўшиликке түрлише сыпатлама берилген. Маған «дөретиўшилик – қәлипке сыймаған қәбилет» дегени көбирек унайды.

Талант тәкирарланбас болады. Сол ушын да, уллы жаңалық дөреткен инсанларға  «бийтәкирарланбас талант ийеси еди», деп айтылады. Дөретиўшиниӊ, бириншиден, өзин екиншиден, басқаларды тәкирарлаўға ҳақы жоқ. Ол өз жолын, өз мектебин жаратыўы керек.


Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,

ҚМУ, Малимлеме хызмети ҳәм

Жәмийетшилик  пенен байланислар тәлим бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги