Спорттың жеңил атлетика түринде узақ аралықларға жуўырыў бойынша бир қатар бағдарлар болып, онда жәҳән рекордлары орнатылып келинбекте.

Жақында Литвада жеңил атлетика бойынша өткерилген Nord Security World’s Fastest Run жарысында 100 км ге жуўырыў бойынша литвалы атлет Александр Сорокин жаңа жәҳән рекордын орнатыўға миясар болды. Спортшы 100 км аралықты 6 саат 5 минут 35 секундта басып өтиўге еристи.

Буннан алдынғы рекорд япониялы Нао Казами тәрепинен орнатылған еди. Ол бул аралықты 6 саат 09 минут 14 секундта басып өткен болса, Сорокин бул көрсеткишти 3 минут 39 секундқа жақсылаўға еристи. Бул жарыс Литва пайтахтында 19 градус жыллы ҳаўа-райында өткерилген.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы